Языки и языкознание
  • формат doc
  • размер 155,04 КБ
  • добавлен 21 сентября 2013 г.
Дәўлетов А. Ҳәзирги қарақалпақ тили. Фонетика
Нөкис: ҚМУ, 2006. — 91 б. Қарақалпақ филологиясы факультетиниң (Қрақалпақ тили ҳәм әдебияты) қәнигелиги ушын лекция тексти.

Бизиң ҳәзирги жазыўымыз (кирилл, латын жазыўлары) сеслик жазыў болып, ҳәр бир сеслик тип - ҳәр бир фонема (гейде бирнеше фонемалар) қабыл етилген шәртли таңба менен белгиленеди. Əлипбедеги ҳәриплерден, барлық шәртли таңбалардан дурыс пайдаланып, сөзлерди ҳәмме бир қыйлы етип дурыс жазыў мәселелери көпшилик жағдайда фонетикаға байланыслы шешиледи. Сондай-ақ аўызша сөйлеў өз нормасына, өзгешелигине ийе болады. Аўызша сөйлеў мудамы жазыў менен сәйкес келе бермеўи мүмкин. Тилдиң аўызша ҳәм жазба тәреплери бир-бирине тығыз байланыслы болыў менен бирге олар айрмашылықларға да ийе болады. Тилдиң аўызша сөйлеў нормалары, жазыў қәделери тиккелей фонетикаға байланыслы дүзиледи. Тилдиң аўызша ҳәм жазба тәреплери фонетиканың тиккелей изертлеў объектине киреди.